Самал болмаса желқомлар салбыраўы менен тура береди. Жаўын жаўмаса қырдағы шөплер де қуўрап қалады. Усы сыяқлы, ең күшли ҳаял да күнлердиң биринде ҳәлсиреп, ҳеш нәрсеге шамасы жетпей қалады. Мен бурын усы нәрсени түсинип жетпеген екенмен. Минекей, шаңарақлы болғаныма жақында 30 жыл болады. Енди ғана ҳаял адамның ер адамнан қаншелли дәрежеде парықланатуғынына ақылым жетипатыр.
Усы ўақытқа шекем мени ҳәмме жерде алдап келген екен. Ҳәттеки, ағайин-туўысқанларым да жалған сөйлепти. Олар маған: «Ҳаял адам да тап бизлер сыяқлы, олар да шалбар ямаса кроссовка кийиўи, шофер, сварщик, ҳәттеки, директор болыўы да мүмкин» деп айтатуғын еди. Мен оларға исендим.
Тийкарында, олардың айтқанларында да жан бар. Ҳаял менен еркектиң физиологиясында тек аз ғана өзгерислер бар: бойы сәл кишилеў, сыртқы көриниси сәл сулыўлаў…
Бирақ, барлығы жалған. Ҳаял менен еркек бир-бирине уқсамайды. Жер планетасында инсанияттың еки формасы параллель өмир сүреди: еркек ҳәм ҳаял формасы. Олар бир-биринен тиккелей парықланады.
Ҳаял қашан күшинен айырылады?
Ҳаял адам қопал сөйлегенде, урысқанда, жаман сөзлерди айтып бақырғанда өзиниң ишки мистикалық энергиясын, күшин жойытады. Бундай ҳаяллар әўметсиз болып, бәрқулла унамсыз ҳәдийселерди шақырып жүреди. Бул арқалы ҳаял адам өзине тәбият тәрепинен инам етилген кәраматлы күшлеринен айырылады. Соның ушын да, ҳаял адам өзин қандай усласа, қандай сөйлесе, сол тәризде тәбияттан өзиниң күш-қүдиретин, энергиясын алады.
Ҳаяллар ушын оның қандай сөйлеўи оғада үлкен роль ойнайды. Ол дәслеп өзиниң айтып атырған сөзлерин шеттен тыңлап көриўи керек. Яғный, өзин басқа адамның орнына қойып, өзин тыңлап көриўине болады. Ол қандай даўыс пенен сөйлеп атыр? Ҳаял адамлар сол себепли де көбинесе қәнигелерге мәсләҳәт алыў ушын келеди. Яғный оларды ҳеш ким еситпей атырған болады, балалары оны бар екен демейди, күйеўи оған улыўма итибарсыз. Сонлықтан, ҳаял адамлар өзиниң қандай даўыс пенен сөйлеп атырғанлығына, сөйлегенде өзин қандай услап атырғанлығына, сөзлериниң мәнисине айрықша итибар қаратыўы тийис.
Обновлено 23.12.2018 13:03
Просмотров: 520
Гейде кредит алыў туўралы таныс-билислер сораў берип қалады… Бәринен бурын, бир жумыс басламастан алдын, оны тәрезиге салып, унамлы ҳәм унамсыз тәреплерин белгилеў керек. Бизлер, әдетте, жумысты баслап болып, соңынан ойланамыз.
Ҳәр кимниң тәғдири ҳәр қыйлы. Табыслы ҳәм әўметке ерискен адамның ислеген ҳәрекетлерин, жумысын ислесем, бул нәрсе мениң де табыс ҳәм әўметке ерисиўимди аңлатпайды. Себеби, бул оның тәғдири. Кимдур кредит алып ислери оңынан келген болса, мен де кредит алсам – исим оңынан келмеўи мүмкин. Еле есимде, буннан 5-6 жыл алдын «Камолот» жаслар жәмийетине жумыс пенен барғанымда, 17-18 жасар ақлығын ертип жүрген бир үлкен жастағы апа дыққатымды тартты. Ақлығына жеңилликлерге ийе 30 миллион сумлық кредит алыў ушын кеңес сорап келген екен. Ҳәттеки, улыўма процентсиз кредитти қайтарып төлеўге шамасы келмейтуғыны сыртынан көринип турыпты. Бул – ойсызлықтың өзи емес пе? Проценти қанша төмен бола берсин, бирақ кредит – бул Аяз атаның саўғасы емес, оның ертең төлеми бар.
*** *** ***
Сораў:
«Жаслар телеканалы арқалы берилген «Саза тележурналы»ның кейинги көрсетиўинде «Ҳаяллар не себептен жумысқа барады?» деген сораўға қайтарған жуўабыңызға онша түсинбедим. Себеби, ҳаяллар тек өзин көз-көз етиў менен шекленеди, десек намақул шығар?! Олардың басқа да психологиялық ҳәм физиологиялық зәрүрликлери де бар-ғой... Мәселен өзин әмелге асырыў, қәрежет табыў, жәмийетте өз орнына ийе болыў ҳәм т.б. Усы бағдарда еле де көбирек айтылса дурыс болар, деп ойлайман.
Г.Р.
Жуўап:
Шын жүректен жақсы кӨриң
Ер адам – сизиң барлық машқалаларыңызды шешип беретуғын, ақша таўып келетуғын, балаға да қарасатуғын және үй жумысларына да жәрдемлесетуғын биоробот емес. Еркек те әпиўайы адам. Ол да тап сиздей болып өзин кимдур жақсы көргенин, ишки сезимлери менен кимниңдур қызықсынғанын, оған жақсы сөз айтқанын қәлейди, ал тек ғана пайдаланғанын емес.
Сонда, ең шығымсыз еркек те – қолы ашыққа айланады, ең бүлдиргиси де – тәртип-интизамлы болыўға тырысады, ең қаталы да – мийирман инсанға айланады. Тек муҳаббат ғана инсанды усындай етип өзгертиўи мүмкин. Егер сиз оның руўхый дүньясын, күшли тәреплерин, потенциалын көре алсаңыз, буның барлығын өзине де көрсете аласыз.
Ер адамлар ҳәр түрли болады. Соның менен бирге, барлығы бир-бирине уқсас. Олардың уқсас тәрепи сонда – барлығы ҳаялының өзин жақсы көргенин ҳәм қабыл еткенин қәлейди. Соның ушын да, өз күйеўлериңизди жақсы көриң. Шын жүректен жақсы көриң. Оған қараған ўақтыңызда көз бенен көриўдиң имканияты жоқ нәрселерди де серлеўге үйрениң.
*** *** ***
УСЫ ЫРАС ПА ЕКЕН?
Көпшилик жаслар турмыс қурғанымнан кейин барлығы әжайып болады, деп ойлайды. Бирақ, некеден өткеннен кейин азлы-кем бахытлы мәўритлер болады, деген менен кейин қыйыншылықлар басланады. Бара-бара қандай да бир қыйыншылықлар азаяды, базылары көбейеди. Яғный, биз бир машқаланы басқасына алмастырамыз. Тийкарында, ер адам «Шаңарақлы» яки «Үйленди» деген атқа ийе болыўы ямаса турмысы аңсатласыўы ушын үйленбейди. Ол өзинен басқа және бир адамға ғамхорлық етиўди қәлегени ушын үйленеди. Соның ушын, үйлениўден алдын ойланың.
*** *** ***
ТУРМЫС ҚУРЫЎ – БАСҚА АДАМҒА АЙЛАНЫЎ ДЕГЕНДИ БИЛДИРЕДИ
Цинк пенен мысты араластырып ериткенде не нәрсе пайда болатуғынлығын билесиз бе? Латунь деген үшинши бир нәрсе пайда болады. Турмыс қурған деген де тап сондай. Енди ол жерде ерке қыз да, баяғы шоқ жигит те жоқ, ал ерли-зайыплы бар. Енди олар бир пүтинге айланады. Усыған жараса жуўапкершиликлери де артады. Енди олар шаңарақ қурды.
Шаңарақ – бул өз алдына үлкен бир институт, шаңарақ – бул биргеликтеги өмир, биргеликтеги бахыт. Шаңарақ – бул тири организм. Ол жасаўы ҳәм раўажланыўы керек. Ол жерде еки жас бир-бирин түсиниўди үйренеди, бул дүньядағы ең қыйын нәрсе болған шаңарақты сақлап қалыўды үйренеди.
Обновлено 25.12.2018 13:04
Просмотров: 681
Обновлено 23.12.2018 12:21
Просмотров: 446
Обновлено 26.10.2018 18:40
Просмотров: 631
Обновлено 24.09.2018 18:31
Просмотров: 436
Обновлено 24.09.2018 18:29
Просмотров: 530