Егерде ер адам ҳаялына ҳүрметсизлик етсе, оның әўмети шаппайды, деп айтады. Буның себеби не?
Ҳаял адамның дөретиўшилик ой-пикири, энергетикалық майданы ер адамдыкине салыстырғанда анағурлым күшли болады. Соның ушын да, оның бул қәбилети өзиниң де, күйеўиниң де тәғдирине тәсир етеди.
Егер ҳаял адам өзине болған мүнәсибеттен қанаатланып, өзин бахытлы сезинсе, күйеўиниң талабы оңынан келе баслайды ҳәм оған барлық әўмет есиклери ашылады. Өйткени, өмиринен бахытлы ҳаял күйеўин буннан да үлкен табысларға ерисиўинде қоллап-қуўатлап турады. Ҳаялынан күйеўине қарай ямаса әўметке алып баратуғын ҳәм раўажландыратуғын энергия ямаса бузғыншылыққа алып келетуғын энергия өтип турады.
Ҳаял адам энергиялар дүньясы менен тығыз байланыслы. Соның ушын да, оның ишки руўхый жағдайы турмысты қәлиплестиреди. Егер ҳаял адам шаңарақлық турмысынан қанаатланбаса, күйеўинен кеўили толмаса, күйеўиниң өзин әмелге асырыўы, әўметке ерисиўи қыйын болады.
Не себептен ақыллы ер адам келиншегине саўға алыў ушын жумсаған ақшаларына қыйналмайды, не себептен ол келиншегин қуўантыў ушын ҳеш нәрсени аямайды? Өйткени, бундай ер адамлар турмысынан бахытлы ҳаял – әўметтиң, татыў шаңарақтың, мал-дәўлеттиң тийкарғы дәреги екенлигин биледи.
Перзентим, ядыңда тут: еркек ҳаялды белгисизликте жасаўға дуўшакер етпеўи керек. Бундай ҳалда, муҳаббат ертели-кеш жеккөриўшилик пенен алмасады. Олар бизлерди күтип те жақсы көреди. Биз еркеклер ғой ҳаялымыз бир нәмәлим жерге сәл шығып кетсе, қыялымызда яки ашықтан-ашық оның орнын басатуғын кимсени излей баслаймыз. Қайтып келмейтуғыныңды билетуғын болсаң – оған ырасын айт. Ол жылап қыйналады, лекин қабыл етеди. Ҳаялыңа итибарсыз болма, ол буған сазаўар емес.
Обновлено 25.08.2018 14:35
Просмотров: 174
Мениң үлкен қызым Дженна, жақында маған «Мен кишкенелигимде сизиң анам менен ажырасып кетиўиңизден жүдә қорқатуғын едим. Бирақ, 12 жасқа толғанымда «Ажырасқаны да дурыс па екен?!» деп ойлай басладым. Өйткени, сизлер бәрқулла жәнжеллесетуғын едиңиз-ғой!» деп айтты. Соңынан, ол маған күлимсиреп: «Сизлердиң тил табысып кеткениңизден қуўанышлыман» деп қосып та қойды.
Көп жыллар даўамында биз ҳаялым Кери менен тоқтаўсыз, қатаң урыс алып бардық. Артыма қарап, бизлердиң қалайынша турмыс қурғанымызға да ҳайран болатуғын едим. Себеби, бизлердиң минезимиз бир-биримизге улыўма туўры келмейтуғын, некеде қанша көп жасасақ, қарама-қарсылықлар да сонша көп жүзеге келетуғын еди. Байлық пенен мәртебе де бизлердиң өмиримизди аңсатластырмады. Керисинше, машқалалар күн сайын көбейип барды. Бизиң арамыздағы кескинлик сондай дәрежеге жетти, мениң жаңа китабым бойынша сырт елге барыўым маған ҳаялымнан азғантай болса да қутылыў болып көринетуғын болды. Бизлер сол дәрежеде тез-тез урысатуғын едик, биргеликтеги тыныш өмирди көз алдыма келтириў де қыйын болып қалды. Биз бир-биримизге тек ғана жаман сөз айтатуғын едик. Ақыры биз ажырасыўға қарар еттик ҳәм бул ҳаққында бир неше мәрте сөйлестик те.
Сабыр кесем толған ўақытта мен сырт елде едим. Биз тап жаңа ғана телефон арқалы және бир мәрте жүдә қатты урыстық ҳәм Керри трубканы ылақтырды. Мен ғәзеп атына миндим, соның менен бирге, ҳәдден тыс әззи ҳәм жалғыз екенлигимди де сезип турман. Мен шегине жеткенимди түсиндим – басқа шыдай алмайман.
«Адамлардан ҳеш қашан ҳеш нәрсе күтпе»
Егер сиз пүткил психологияны бир формулаға түсиргиңиз, психология бойынша бир неше тонна китапларды қысып, «zip»леп, бир афоризмды алғыңыз келсе, бул афоризм төмендегише болады: «Адамлардан ҳеш қашан ҳеш нәрсе күтпе».
Олардан түсиниўшилик күтпе.
Олардан ҳүрмет күтпе.
Олардан бирге ислесиўди күтпе.
Күтиў керек емес. Сен усыларды өзиң исле. Сен усыларды олар ушын исле.
Бирақ, сен олардан күтпе. ¤йткени, бәри бир ала алмайсаң.
Алған жағдайыңда да, өзиң күткен дәрежеде болмайды.
Саза журналының 100-санында
- «Школа без компьютеров»
- «Көп ҳаяллылық ҳаққында сораў»
- «Өмириңди өзгертетуғын даналықлар»
- «Не себептен жас босанған ананы қырқ күн күткен?»
- «Бәрқулла ҳақ ҳәм мудамы жалғыз»
- «Қәйин ене менен мүнәсибетлерди қалай жөнге түсириўге болады?»
- «Булар унамсыз тенденциялар»
- «Иймонлашиш умиди»
- «Баласына әкесин сыйлата алған ҳаял – ҳақыйқый ҳаял!»
- «Шаршаған ҳаял туўралы ўақыя»
- «Бала ўақтында бәри жақсы, жаман адам қайдан шығады?»
- «Ата-бабамыздан қалған ырымлар»
- «Аборт. Егер әлле қашан қәтелескен болсақ, не ислеўимиз керек?»
- «Образ женщины Востока»
- «Уллы ислер шаңарақта дөрейди»
- «Не ушын ер адам ҳеш нәрсе ислегиси келмейди?»
- «Сыртқы көринис ҳаққында»
- «Өзиңди аяғанды тоқтат, ҳәрекет етип басла» ҳәм тағы басқа қызығарлы мақалалар Сизиң нәзериңизге усынылады. Сайттағы мақалалар тек танысыў ушын.
Обновлено 20.08.2018 19:18
Просмотров: 149
Обновлено 20.08.2018 19:05
Просмотров: 177
Сораў: «Ер адам ҳаялының итияжлары менен жасаў керек» деген гәп нени билдиреди? Мысал ушын, егер күйеўи мийнет дем алысында бир жерге барғысы келсе, ал ҳаялы болса улыўма басқа нәрсени кеўили күсесе, еркек ҳаялының қәлеўине қосылыўы керек пе?
– Шынында, ер адам ҳаялға оның менен бирге ўақыт өткериў ушын үйленеди, ҳеш болмағанда көпшилик еркеклер солай ислейди. Бул бириншиден. Екиншиден, ҳаялдың да тилеклери, қәлеўлери болады, ол ағаштан исленген қуўыршақ емес. Буны еркеклер үйленип болғаннан кейин ғана билип, қапа болады. Не ушын мәселелерди биргеликте додалап, келисиўге болмайды? Себеби, ер адам ойлағандай бола ма ямаса ҳаялының қәлегениндей бола ма – бәри бир, буның барлығын ер адам шөлкемлестиреди, ҳәмме нәрсеге ол пул төлейди, барлығын ол қадағалайды.
Машқала сонда, биз еркеклер киноларда көринетуғын диктатор қаҳарманындай болғымыз келеди. Сондай күшли инсанлардай болып ҳәрекет ете алмасақ, өзимизди еркектей сезбеймиз, барлық нәрсени биз қадағаламай атырғандаймыз. Қәнекей, имканият болып, барлығы армиядағыдай болса – буйрық бердик, тап сондай орынланды. Сонда биз азаннан кешке дейин ҳәмме нәрсени қадағалап турған болар едик. Бирақ, бәри бир ол жағдайдың да өзиниң машқалалары бар – онда да бизиң үстимизден қарайтуғын баслық болады.
Өзин қадағалай АЛЫЎДЫҢ ӘҲМИЙЕТИ
Өзиниң жынысый энергиясын қадағалай алатуғын ер адам аз сөйлейтуғын болады. Сондай-ақ, тәбийий түрде салдамлы болып келеди. Оның салдамлылығы, ҳәттеки, сөйлеген сөзлеринде де билинип турады. Усы жерде төмендеги рәўиятты келтирип өтейик:
Бурынғы өткен заманда Рим императоры Цезарь патша Ликургқа хат жиберипти. Хатта былай жазылған екен: «Егер биз сениң сол бир мәмлекетиңди – Лаконияны басып алсақ, оның күлин көкке суўырамыз, жер менен жексен етемиз…». Патша Ликург хатты оқыпты да, қолына папирус алып, оған бир аўыз жуўап жазыпты ҳәм хат келтирген шабандозға услатыпты. Цезарь жуўап хатты оқып, урысқа таяр турған әскерлерин изине қайтарып, алып кетипти. Хатта тек ғана «Егер…» деген бир сөз жазылған еди.
Не ушын Цезар урыс ашпаған, билесизлер ме? Өйткени, бул хат ҳақыйқый еркектиң жуўабы еди. Ол ҳеш қандай да ҳаўайы сөзлерди көпиртип отырмайды, бир сөйлейди. Өзин қадағалай алатуғын еркектиң жуўабы да усындай қысқа болады: «Егер…». Ҳәм болғаны!
Обновлено 20.08.2018 18:45
Просмотров: 129
- Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли «Саза» журналының ықласбентлери. Мен де тап сизлердей усы журналдың ықласбентимен ҳәм бәршеңизге жақында ғана болып өткен мына ўақыяны айтып бермекшимен:
Биз 4-5 жылдан берли онлаған жигит бирге қолымыздан келгенше мүтәж инсанларға қайырхомлық жәрдем көрсетиўди әдетке айландырып киятырмыз. Ҳеш биримиздиң де асып-тасып баратырған жеримиз жоқ. Биримиз муғаллим болсақ, басқамыз таксист дегендей… Бирақ, сонда да табысымыздан еплеп аўыстырып, ҳәр биримиз кеўилимизден шыққан ақшаны ортаға таслаймыз (кимимиз 100 мың сум, басқамыз 300 мың сум, 1 млн. сум беретуғынлар да жоқ емес) ҳәм оғада мүтәж болған инсанларға бөлип беремиз.
Усы жылы да мүбәрек Рамазан айында қайыр-сахаўатлық етиўди нийетледик ҳәм ортаға әдеўир пул жыйналды. Солай етип, биз ҳақыйқатында да ақшаға мүтәж адамларды излей басладық. Көбинесе емлеўханаларға барып, наўқас балалардың ата-анасына беретуғын едик. Сол күни де бес бала болып бир машинада кетип баратырмыз. Усы ўақытта бир жорамызға әжапасы қоңыраў етти ҳәм оның бир досты ақшаға қатты мүтәж екенлигин айтты. Жорамыздың әжапасы бизлердиң қайыр-сахаўат ушын пул жыйнап атырғанымызды еситкен қусайды.
Оның айтыўынша, жаңағы досты мектепте муғаллим екен. Үш баласы да бар. Буннан еки жыл бурын күйеўи бизнес баслайман деп, ҳаялының атына банктен кредит алыпты ҳәм келистире алмай, кредитке алған ақшаны да жоқ етип қо-йыпты. Үйинде қалыўға шыдамай, күйеўи бир жыл бурын «Ақша таўып қайтаман» деп қоңсылас журтқа жумыс излеп кеткен. Бирақ, еле хабар-атар жоқ қусайды. Дәслебинде ҳаял бийшара анаў-мынаўын сатыстырып, айлығынан аўыстырып кредиттиң төлемлерин ай сайын төлеп барыпты. Ең соңында, бармағындағы неке жүзигин де сатыўға мәжбүр болған. Бирақ, соңғы еки айдан берли төлеўдиң ҳеш имканиятын таба алмай, қатты қыйналып жүрген екен. Банктегилер де ҳәр күни үйине келип, кредитин төлеўди ескертип кетеди екен. Бизлер оның үйине барып, ақша берген ўақтымызда ҳаялдың көзлеринен жас қуйылып кетти.
Бизлердиң бәршемизди ҳайран қалдырғаны, жаңағы ҳаялдың мына сөзлери еди:
«Банк хызметкерлери келип, қарызымды тезирек төлемесем, оған және үстеме минип кететуғынлығын айтқан ўақытта, не ислеримди билмей қалдым. Маған жәрдем бере алғандай адам таппадым: күйеўимнен бир жылдан берли хабар-атар жоқ, туўысқанларымның жағдайы өзиме мәлим, бунша пул бере алатуғындай досларым да жоқ. Сонда мен ораза тутыўды мақсет еттим ҳәм ҳәр күни таң намазымды оқып болғаннан соң Алла-тааладан төмендегилерди тилене басладым:
«Ҳей Аллаҳым, ҳей Жаратқан жан ийем, мен ҳәзир Өзиңнен басқа кимнен жәрдем сорарымды билмей турман... Мен Сизиң маған қай тәризде жәрдем беретуғыныңызды да, кимлер арқалы жәрдем беретуғыныңызды да билмеймен. Бирақ, бәршесин өзиң меңгергейсең, мүшкилимди аңсат етип, қарызымнан қутылыўымда жәрдем бергейсең, Қудайым».
Мен ҳәр күни бул тилекти бир неше жүз мәрте қайталайтуғын едим ҳәм ҳәр сапары сонша машқалаларыма қарамастан кеўлимде қандай да бир тынышлық, қәтержамлық пайда болатуғын еди».
Минекей, «Қудай шебер ме, қурқылдай шебер ме?» деген усы шығар!? Ойда жоқта Алла-таала мәнзилимизди усы ҳаялдың үйине қарай бағдарлады ҳәм нийетлегенимизди оған усындық. Бул да бир Алланың кәраматы емес пе?
Шамурат
Обновлено 05.07.2018 10:25
Просмотров: 171
Шәкирт:
– Қәйин ене менен келинниң мүнәсибетлери қандай болыўы керек? Келин қәйин енесине өз анасы сыяқлы мүнәсибетте болыўы тийис пе?
Устаз:
– Әлбетте, сондай болғаны мақсетке муўапық. Бирақ, буның ушын қәйин енеси де келинине өз қызындай мүнәсибетте болыўы лазым. Өйткени, керисинше жағдайда олардың екеўи де қыйыншылыққа дус келеди. Ана менен баланың мүнәсибетлери жүдә жақын. Бирақ, машқала соннан ибарат, баласы ҳәм оның ҳаялы арасындағы мүнәсибет оннан да жақынырақ болады. Егерде қәйин ене баласының итибары ушын келинди өзине бәсекелес деп қараса, онда үлкен түсиниспеўшиликлер келип шығады. Усы нәрсени қәйин ене дурыс түсиниўи керек. Ҳәр бир ана келинине қараған ўақытта «бул мениң перзентимниң ҳаялы» дегенди есинде сақлаўы тийис.
Қәйин енениң жасы үлкен. Ол ул перзентти камалға келтирди, тәрбия берди, ақ сүт берди… Яғный, ана келинге салыстырғанда баласы ушын көп мийнет еткен адам. Қәлеген ана усы тәризде ойлайды ҳәм бул – ананың дүньясы. Бирақ, перзенттиң де өз дүньясы бар екенлигин тән алыўымыз тийис.
Ал енди келинлерге тоқтап өтетуғын болсақ, олар өзлерин бул үйде жаңа адам екенлигин умытпаўы керек ҳәм жыллы жүзи және жүдә жағымлы жүрис-турысы менен ҳәр бир шаңарақ ағзасының кеўилин алыўға ҳәрекет етиўи лазым. Бундай өзин жүдә жақсы тутатуғын ҳәм барлық шаңарақ ағзалары менен жыллы мүнәсибетте болатуғын келинди ҳәмме жақсы көрип қалады. Және бир айта кететуғын нәрсе, ене мийирман болса, келин де оннан усы қәсийетлерди үйренип барады. Ал егер ене келини менен жағаласа берсе, онда тек ғана күйеў ҳәм ҳаялдан және олардың балаларынан ибарат, басқа жақын туўысқанлары менен қатнаспайтуғын шаңарақтың пайда болыў итималын жүзеге келтиреди. Солай етип, анасы ең соңында жалғызлықта қалып қойыўы мүмкин. Буны итибарға алыўы керек.
Егер ана ушын баласы әҳмийетли болса, онда баласы ушын әҳмийетли нәрсе ана ушын да әҳмийетли болыўы керек. Сондай-ақ, егер ҳаял ушын күйеўи әҳмийетли болса, онда күйеўи ушын әҳмийетли болған нәрсе ҳаялы ушын да әҳмийетли. Яғный, шаңарақта өз ара ҳүрмет болыўы керек. Бул мүнәсибетлерде қәйин ене жасы үлкен болып табылады. Бирақ, жоқарыда атап өткенимиздей, ол келини менен баласы жақынырақ мүнәсибетлерге ийе екенлигин бәрқулла есинде сақлаўы керек.
Гүлсара ТӨРЕШОВА
Обновлено 05.07.2018 10:18
Просмотров: 143