Аналар машқала болғанда...
30 жаслар шамасындағы жигит. Шаңарақлы, 2 перзенти бар. Әкесиниң дүньяны тәрк еткенине онлаған жылдан аслам ўақыт µткен. Әжаға ҳәм әжапалары бала-шағалы. Анасы менен турады.
– Аўа, иним не гәп?
– Мен узақ ўақыт қоңсылас журтларда жумыс иследим. Ҳәзир ярым жыл болды, үйдемен, районымызда саўда баслап атырман. Бәри жақсы… Мәселе – анам менен байланыслы.
– Не болды анаңа?
Анам ҳаялым менен оңыспай атыр. Мен басқа журтларда болғанымда олардың арасында түсинбеўшилик жоқтай еди. Ҳәзир болса, анам ҳаялыма азап берип атыр. Ҳаялымның аўыраяқлығына да қарамайды. Шыпакерлер оған «токсикозсаң» деп қойыпты. Және «ҳаялым кетип қала ма» деп те қорқаман.
Сизди шыпакер деп еситип едим…, ҳаялыма дәрилер сатып алған едим. Солардың дурыслығын кµрип бересиз бе? (ол қолындағы пакетин аша баслады)
Егерде адам өзиниң тәғдирин солайынша қабыл ете алса – онда Тәғдир артқа шегинеди, яғный қыйыншылықлар азаяды.
*** *** ***
Өмир саған әдалатсыз болып көринип турған болса – бул саған надурыс жол менен жасаўға ҳуқық бермейди.
*** *** ***
Психолог – тек кеңес беретуғын емес, ал өз өмири ушын жуўапкершиликти өз мойнына алыўға жәрдемлесетуғын қәниге. Жуўапкершиликли болмай – жағдай өзгермейди.
*** *** ***
Балаға тек интеллектуаллық тәрбия берип, бирақ әдеп-икрамлылық тәрбияны бермесек – демек, жәмийет ушын қәўип туўдырған боламыз.
*** *** ***
Егерде мен өтмишке байлана берсем – ҳәзирги мәҳәлим қыйынласады, ал келешегим – мүмкин еместей болып сезиледи.
*** *** ***
Бир күни аңлап жетесиз: турмысыңызда болып атырған барлық ўақыялар сизиң ийгилигиңиз ушын еди.
Обновлено 04.07.2018 18:26
Просмотров: 153
«Оның айтқаны да дурыс болыўы мүмкин» деп ойлаў
Басқа менен сөйлесип атырғанда, оған өзиңиздиң «ҳақ екенлигиңизди дәлиллеў»ге урыныў көбинесе унамлы нәтийжеге алып келмейди. Егер сиз сәўбетлесиңиздиң айтып атырған нәрсесине қайыл болмасаңыз, оның айтқаны да дурыс болыўы мүмкин екенлигин ойлап көриң. Оны пикиринен қайтарыўға урынбаң ҳәм өз пикириңиз «ең ақырғы ҳақыйқат» дей берместен, әсте ғана әдеп пенен билдириң. Сондай-ақ, өзиңиздиң пикириңизди басқаның пикири менен тәрезиге қоймаң, бул – сизге қарата аңсыз рәўиште пайда болатуғын агрессияны келтирип шығарады.
Мәселен: «Яғаў, яқ. Тийкарында барлығы олай емес! Мен сеннен жақсы билемен, мениң тәжирийбем көбирек!» деп айтпаған жақсы.
Оның орнына «Қызық екен... Мен бул ҳаққында және мыналарды еситтим/билемен» деп айтыўға болады.
Бизлердиң көпшилигимиз ҳәмме нәрсени қара менен аққа, жақсы менен жаманға ажыратыўды жақсы көремиз. Бирақ, сизге унайтуғын пикир басқаның ғәзебин келтиреди. Басқа адамды, оның ҳәрекетлери менен ой-пикирлерин сынға алмаўға ҳәрекет етиң.
Мәселен: «Сен неге олай иследиң? Сен буның жаман екенлигин билмейсен бе? Сен сонда ахмақсаң ба?» ҳәм т.б. деп айтпаған жақсы. Оның орнына: «Түсиникли. Мен бундай нәрсени бурын еситпеген екенмен, менде бундай тәжирийбе болмаған екен» деп (терең дем алып ҳәм сол ўақытта өзиңиздиң сезимлериңизди белгилеп) айтсаңыз болады.
Бул усыныслардан сиз өзиңиздиң жақынларыңыз, өмирлик жолдасыңыз ҳәм кәсиплеслериңиз бенен сөйлескенде пайдаланып көриң. Сонда, олар менен сәўбетлесиўлер анағурлым дәрежеде жыллылаў ҳәм жағымлылаў болады.
Көпшилик мени «Сен қызлардың жоқыра оқыў орнында билим алыўына қарсысаң, олардың ақылсыз болыўын қәлейсең» деп айыплайды. Яқ, олай емес. Мен «Дипломсыз – адам емессең» деген сөзге қарсыман. Бул ер балаларға да, қызларға да тийисли.
Мысал ретинде дипломсыз да үлкен табысларға ерискен шахслардың дизимин келтирип өтпекшимен:
Ричард Брэнсон – мектепти 16 жасында таслап кеткен. Миллиардер.
Джим Керри – ол да 16 жасында мектепти таслаған. Бирақ, дүнья жүзине белгили актёр.
Кэмерон Диас та модель болыў ушын 16 жасында мектепти қойған.
Том Круз – 15 жасында мектепти қойған.
Джонни Депп – бул да 15 жасында мектепти таслаған.
Аль Пачино 17 жасында мектептен қуўылған.
Шаңарақтың үрп-әдетлерине әмел етиў – жасы үлкенлерди ҳүрмет етиўдей үлкен әҳмийетке ийе. Жасүлкенлерге ямаса басқа миллий үрп-әдетлерге ҳүрмет инсанды надурыс ҳәм гүна ислерге қол урыўынан тоқтатып қалады. Тилекке қарсы, ҳәзирги ўақытта айырымлар жасы үлкенлерди ҳүрмет етиўди, шаңарақлық дәстүрлерге әмел етиўди азайтты, керисинше – Батыс халықларына тән ҳәм миллийлигимизге жат болған унамсыз ақыбетлерге алып келетуғын әдетлерге жүгинбекте. Кимдур ойланыўы яки сораўы мүмкин – ҳәзир заман басқа, ески үрп-әдетлердиң не әҳмийети бар, олар жоғалса, не болар дейсең? Егерде ескиден киятырған халықлық ҳәм шаңарақлық үрп-әдетлер тоқтатылса, яғный адамлар оларға әҳмийет бермей қойса – бәринен бурын, адамларды гүна ислерден тоқтатып туратуғын ҳеш қандай күш, фактор қалмайды. Мәселен, перзенти әкесине қайтарып сөйлейди, иниси әжағасының айтқанын тыңламайды, қызы ата-анасының көзинше бийәдеплик етеди ҳәм т.б.
Ер балаНың арқасынан қақ!
Бурынлары ата-бабамыз ер баланы еркелеткенде басынан сыйпаламаған. Арқасынан қаққан. «Басынан сыйпалаў ул балаға аяныш сезимлерин оятады, төмен қарап жүретуғын, әззи болып қалады» деп түсинген. Ата-анасына, ел-журтына қорған, шаңараққа бас болатуғын ер-азаматтың жигерсиз, босаң болыўын қәлемеген. Ал, арқасынан қаққанда ер баланың ерк-ықрары күшейеди, жигерленеди, геўдесин тик услаўға үйренеди, деп есаплаған.
Қызларды болса, керисинше, басынан сыйпалаған. Қыз басқа босағаны атлап, өзге үйдиң отын жағады. Қызды «Кететуғын бала ғой» деп еркелетеди. «Келешегинде не күтип тур екен, тәғдири қалай болады?» деп басынан сыйпалаған. Қыз баланы басынан сыйпалағанда басы ериксиз ийилип, көзи төмен қарап, жасырынады. Басқалардың бетине тик қарамайтуғын, ийбели, парасатлы минез қәлиплеседи. Арқадан қағыў менен басынан сыйпалаўдың усындай тәрбиялық мәниси бар екен.
Ананың қызына арнаған хаты
Қызым, «Баслық боламан, лаўазым ийелеймен» деп аспанға шапшыма. Сениң өмирлик ўазыйпаң ақша табыў емес, перзент тәрбиялаў. Қыз бала тек ғана шаңарағы менен ҳақыйқый бахытқа ерисе алады.
Жеңгелериңе қара, ийбелисинен үлги ал, қәте қәдеминен сабақ ал. Бурынғы келинлердей кесте тоқымасаң да, мазалы тағам таярлап үйрен, барған жериңде «Қолынан ҳеш нәрсе келмейди» деген гәпти еситпе, маған да сөз келмесин. Несип етип турмысқа шықсаң, өмирлик жолдасыңның қас-қабағына қарап кеўлин таба бил. Күйеўиңниң ҳеш қашан бетинен алма. Халқымызда «Ериң – пириң» деген даналық сөз бар, усыны өмир бойы ядыңда сақла.
«Дени дурыс» қызлар алдынан шыққан жигит пенен таныса бермейди. Оларға биринши болып хабарласпайды. «Киноға барып қайтайық, аз ғана отырайық» дегенлерге ере бермейди. Жигитлердиң «Күйдим, жандым» деген сөзлерине де оншелли исене бермейди ҳәм қәдирин жоғалтпайды. Сен де бәрқулла қәдириңди бил.
Обновлено 29.05.2018 18:05
Просмотров: 165
Обновлено 29.05.2018 18:01
Просмотров: 204
Обновлено 18.05.2018 18:41
Просмотров: 102
Ядыңызға салып қоймақшымыз:
Перзентлер «Ассалаўма әлейкум», «Рахмет», «Кеширесиз» ҳәм т.б. сыйқырлы сµзлерди биринши болып үйинде үйренеди.
Перзентлерди жасүлкенлер ҳәм устазларды ҳүрмет ететуғын, досларға жақсы қатнаста болатуғын, ҳақгµй, ўәдесинен шығатуғын, тырысқақ ҳәм пуқта инсан етип тәрбиялаў да ата-ананың ўазыйпасы.
Олар пәкизе, азада болыўды, тазалыққа әмел етиўди, биреўдиң нәрселерине тиймеўди, µзиниң затларына пуқта болыўды ҳәм т.б.ларды да тек үйде үйренеди.
Мектеп болса, оларға шет тиллерин, математика, тарийх, география, физика, химия және басқа пәнлерди ғана үйретеди. Мектеп – тек қоллап-қуўатлайды, бирақ шаңарақтың орнын баса алмайды.
Ҳүрметли ата-аналар!
Перзентлериңиздиң руўхый раўажланыўы, адамгершиликли, ийманлы ҳәм инсаплы болып жетилисиўи тиккелей сизлерге байланыслы екенлигин умытпаң.
Обновлено 27.04.2018 18:08
Просмотров: 151