Көпшилик мени «Сен қызлардың жоқыра оқыў орнында билим алыўына қарсысаң, олардың ақылсыз болыўын қәлейсең» деп айыплайды. Яқ, олай емес. Мен «Дипломсыз – адам емессең» деген сөзге қарсыман. Бул ер балаларға да, қызларға да тийисли.
Мысал ретинде дипломсыз да үлкен табысларға ерискен шахслардың дизимин келтирип өтпекшимен:
Ричард Брэнсон – мектепти 16 жасында таслап кеткен. Миллиардер.
Джим Керри – ол да 16 жасында мектепти таслаған. Бирақ, дүнья жүзине белгили актёр.
Кэмерон Диас та модель болыў ушын 16 жасында мектепти қойған.
Том Круз – 15 жасында мектепти қойған.
Джонни Депп – бул да 15 жасында мектепти таслаған.
Аль Пачино 17 жасында мектептен қуўылған.
Шаңарақтың үрп-әдетлерине әмел етиў – жасы үлкенлерди ҳүрмет етиўдей үлкен әҳмийетке ийе. Жасүлкенлерге ямаса басқа миллий үрп-әдетлерге ҳүрмет инсанды надурыс ҳәм гүна ислерге қол урыўынан тоқтатып қалады. Тилекке қарсы, ҳәзирги ўақытта айырымлар жасы үлкенлерди ҳүрмет етиўди, шаңарақлық дәстүрлерге әмел етиўди азайтты, керисинше – Батыс халықларына тән ҳәм миллийлигимизге жат болған унамсыз ақыбетлерге алып келетуғын әдетлерге жүгинбекте. Кимдур ойланыўы яки сораўы мүмкин – ҳәзир заман басқа, ески үрп-әдетлердиң не әҳмийети бар, олар жоғалса, не болар дейсең? Егерде ескиден киятырған халықлық ҳәм шаңарақлық үрп-әдетлер тоқтатылса, яғный адамлар оларға әҳмийет бермей қойса – бәринен бурын, адамларды гүна ислерден тоқтатып туратуғын ҳеш қандай күш, фактор қалмайды. Мәселен, перзенти әкесине қайтарып сөйлейди, иниси әжағасының айтқанын тыңламайды, қызы ата-анасының көзинше бийәдеплик етеди ҳәм т.б.
Ер балаНың арқасынан қақ!
Бурынлары ата-бабамыз ер баланы еркелеткенде басынан сыйпаламаған. Арқасынан қаққан. «Басынан сыйпалаў ул балаға аяныш сезимлерин оятады, төмен қарап жүретуғын, әззи болып қалады» деп түсинген. Ата-анасына, ел-журтына қорған, шаңараққа бас болатуғын ер-азаматтың жигерсиз, босаң болыўын қәлемеген. Ал, арқасынан қаққанда ер баланың ерк-ықрары күшейеди, жигерленеди, геўдесин тик услаўға үйренеди, деп есаплаған.
Қызларды болса, керисинше, басынан сыйпалаған. Қыз басқа босағаны атлап, өзге үйдиң отын жағады. Қызды «Кететуғын бала ғой» деп еркелетеди. «Келешегинде не күтип тур екен, тәғдири қалай болады?» деп басынан сыйпалаған. Қыз баланы басынан сыйпалағанда басы ериксиз ийилип, көзи төмен қарап, жасырынады. Басқалардың бетине тик қарамайтуғын, ийбели, парасатлы минез қәлиплеседи. Арқадан қағыў менен басынан сыйпалаўдың усындай тәрбиялық мәниси бар екен.
Ананың қызына арнаған хаты
Қызым, «Баслық боламан, лаўазым ийелеймен» деп аспанға шапшыма. Сениң өмирлик ўазыйпаң ақша табыў емес, перзент тәрбиялаў. Қыз бала тек ғана шаңарағы менен ҳақыйқый бахытқа ерисе алады.
Жеңгелериңе қара, ийбелисинен үлги ал, қәте қәдеминен сабақ ал. Бурынғы келинлердей кесте тоқымасаң да, мазалы тағам таярлап үйрен, барған жериңде «Қолынан ҳеш нәрсе келмейди» деген гәпти еситпе, маған да сөз келмесин. Несип етип турмысқа шықсаң, өмирлик жолдасыңның қас-қабағына қарап кеўлин таба бил. Күйеўиңниң ҳеш қашан бетинен алма. Халқымызда «Ериң – пириң» деген даналық сөз бар, усыны өмир бойы ядыңда сақла.
«Дени дурыс» қызлар алдынан шыққан жигит пенен таныса бермейди. Оларға биринши болып хабарласпайды. «Киноға барып қайтайық, аз ғана отырайық» дегенлерге ере бермейди. Жигитлердиң «Күйдим, жандым» деген сөзлерине де оншелли исене бермейди ҳәм қәдирин жоғалтпайды. Сен де бәрқулла қәдириңди бил.
Обновлено 29.05.2018 18:05
Просмотров: 849
Обновлено 29.05.2018 18:01
Просмотров: 515
Обновлено 18.05.2018 18:41
Просмотров: 398
Ядыңызға салып қоймақшымыз:
Перзентлер «Ассалаўма әлейкум», «Рахмет», «Кеширесиз» ҳәм т.б. сыйқырлы сµзлерди биринши болып үйинде үйренеди.
Перзентлерди жасүлкенлер ҳәм устазларды ҳүрмет ететуғын, досларға жақсы қатнаста болатуғын, ҳақгµй, ўәдесинен шығатуғын, тырысқақ ҳәм пуқта инсан етип тәрбиялаў да ата-ананың ўазыйпасы.
Олар пәкизе, азада болыўды, тазалыққа әмел етиўди, биреўдиң нәрселерине тиймеўди, µзиниң затларына пуқта болыўды ҳәм т.б.ларды да тек үйде үйренеди.
Мектеп болса, оларға шет тиллерин, математика, тарийх, география, физика, химия және басқа пәнлерди ғана үйретеди. Мектеп – тек қоллап-қуўатлайды, бирақ шаңарақтың орнын баса алмайды.
Ҳүрметли ата-аналар!
Перзентлериңиздиң руўхый раўажланыўы, адамгершиликли, ийманлы ҳәм инсаплы болып жетилисиўи тиккелей сизлерге байланыслы екенлигин умытпаң.
Обновлено 27.04.2018 18:08
Просмотров: 504
Дәслеп ата баслайды
Инсанның руўхый дүньясына, ой-өрисине унамлы ямаса унамсыз тәсир ететуғын ең баслы нәрселерден бири – оның тутынып атырған тағамы. Ҳәр қандай шаңарақтың руўхый дүньясының басламасы үйдиң еркеги болғанлықтан аўқатты ең дәслеп ол баслап бериўи керек. Баслағанда қалай? Мәселен, шаңарақ ағзаларының бәршеси дастурхан әтирапында жыйналған. Бәринен бурын, әке аўқатқа қол созады, соңынан – ҳаялы, ҳаялынан соң – балалары. Егер үй ҳайўанлары бар болса, олар ең соңында аўқатландырылыўы лазым. Аўқатты баслаған адам – шаңарақ баслығы болып есапланады!
Обновлено 27.04.2018 13:20
Просмотров: 494
Обновлено 31.03.2018 19:35
Просмотров: 619
Обновлено 31.03.2018 19:34
Просмотров: 575