Көпшилик адамлар баслығы менен қарым-қатнас қағыйдаларын билмегенлиги ушын да жумыс орнында бир қанша машқалаларға дусласады. Ҳәттеки, жумысын да таслап кетеди яки қуўылады. Тийкарында, басшы менен қарым-қатнастың да биз әмел етиўимиз керек болған өзине тән қағыйдалары бар. Егер буған әмел етпесең, өзиңниң қыйналатуғының анық.
Гейде мәмлекетлик мәкемелерде ислеўши айырым адамлар басшысына «Баслық болса… өзине!» сыпатында мүнәсибетте болады. Және олар «Жумыс – мәмлекеттики. Маған жумысты берип қойған мәмлекет. Баслық не маған топыла береди? Мен баратуғын жерине бараман. Ҳақыйқатлық мен тәрепте» ямаса «Бизиң баслық меннен әдеўир киши. Ол мендей болып билмейди» киби ойларға берилип, баслығын писент еткиси келмейди. Әлбетте, бул – сайыз көз-қарастың ақыбети.
Заманагөй данышпан менен репортер ҳаял арасында болып өткен сәўбеттен…
Репортер ҳаял:
– Сиз «Ҳаял адам ер адамға бойсыныўы керек» деп дәлиллемекшисиз, солай ма?
Данышпан:
– Аўа, бул тәбийғый нәрсе емес пе?! Күйеўиниң алдында ҳаялы, әкесиниң алдында қызы бойсыныўшы инсан болып есапланады.
Репортер ҳаял:
– Егер ҳаялы күйеўине бойсыныўдан бас тартса, не нәрсе жүз береди?
Әдеп-икрамлы кийинетуғын ҳаял күйеўин бузылыўдан сақлайды.
*** *** ***
Батпақлықта жасайтуғын қурбақаға теңиз туўралы айтпай-ақ қой. Бәри бир исенбейди.
*** *** ***
Тийкарында, бизлер дурыс ис-ҳәрекет етиўди билемиз. Бирақ, сол жолды тутыў қыйын.
*** *** ***
Ата-аналар перзентлериндеги қәте-кемшиликлерди көрип, «Буларды олар кимнен үйренген?» деп ҳайран болысады, қыйналады. Тийкарында, ата-аналардың өзлери аңламай перзентлериниң жүрегине жаман иллетлердиң туқымын шашады ҳәм усы туқымлардан гүнә дарақлары өседи. Сонлықтан, егерде ата-аналар перзентлериниң мийримли ҳәм бәркамал инсанлар болып жетисиўин қәлесе – олар дәслеп өзлери әдеп-икрамлы болыўды үйрениўи тийис.
ҲАЯЛДЫ ТЫҢЛАЎ КЕРЕК ПЕ?
Көпшилигиңиз мына гәпти еситкен болсаңыз керек: «Ҳаялыңды тыңла, бирақ айтқанын керисинше исле». Тийкарында, бул сөзди дурыс түсинип билиўимиз керек. Яғный, бул гәп айырым жағдайларға ғана қарата айтылған. Мәселен, ҳаялың сениң алдыңа қандай да бир мақсет қойса, оның айтқанын тыңлама, яғный ер адам ҳаялының емес, ал өзиниң мақсетлерине жетисиўи тийис. Бирақ, бул ҳаялыңның ҳеш қашан айтқанын ислеме дегени емес. Егер ҳаялың «Маған қызыл көйлек алып бер» десе, сен оған қарасын алып берсең, дурыс бола ма?
Ер адам өмирлик мақсетин өзи белгилеўи керек, ол ҳаялының сценарийинде болмаўы лазым. Қашан «Ҳаялыңды тыңла, бирақ айтқанын керисинше исле» көрсетпеси надурыс? Сен өз алдыңа мақсет қойсаң, ал ҳаялың саған сол мақсетке ерисиўиңде жол-жоба көрсетсе, оған әлбетте әмел ет. Өйткени, ер адам жүз берип атырған жағдайды ҳаялдай болып анық көре алмайды. Соның ушын да, ер адамның ең жақсы кеңесгөйи – оның ҳаялы. Демек, ҳаял адамды қашан тыңлаў керек екен? Алдыңа мақсет қоярда емес, ал оған ерисиў процесинде. Усыны умытпаң!
Обновлено 31.03.2018 18:59
Просмотров: 503
Өзиңнен жетик инсан менен дослас. Қыйналасаң, бирақ өсесең.
*** *** ***
– Қалайынша сизиң талабыңыз келисе береди? Сиз қай тәризде көп нәрселерге үлгересиз ҳәм барлық қубылысларға унамлы көзқараста бола аласыз?
– Мен ҳеш ким менен таласып-тартыспайман.
– Бирақ, бул мүмкин емес-ғой!
– Мүмкин емес болса, мүмкин емес...
Оны қатты қушақлап ал!
Жәнжеллестиңиз, бақырыстыңыз, бир-бириңизди кемситтиңиз. Ҳаялыңыз сизге ғәзепленип тур ҳәм кетип қалыўға таярланбақта. Бирақ, ҳеш қашан оның кетиўине жол қоймаң. Изине жетип алың да, өзиңизге қаратың ҳәм қатты қушақлаң. Ол қарсылық билдиреди, қушағыңыздан шығыўға ҳәрекет етеди, жаман сөзлер айтады, урысады, жылайды – сонда да қатты қушақлап, сөйлеместен тура бериң. Өзиңиздеги ашыў-ғәзеп, өкпе-гийне ҳәм көкирекликти жеңиўге ҳәрекет етиң. Умытпаң, тийкарында ол сизиң ҳеш қашан жибермегениңизди, өзиниң сизге қәдирли, керекли инсан екенлигин билиўди қәлейди.
Және қайталайман, оның кетип қалыўына ҳеш қашан жол қойма. Дурыс, ол биринши кеткенинде ертеңине айланып келиўи мүмкин, буннан кейингисинде болса, қайтыўына үмитленбең.
Ҳаял адам тәбийғый түрде физикалық жақтан әззи, ал руўхый жақтан биз ойлағаннан да әдеўир күшли. Олар исенеди ҳәм күтеди, күтеди ҳәм исенеди. Олардың күши мине усында.
Обновлено 03.03.2018 16:19
Просмотров: 643
Обновлено 03.03.2018 16:16
Просмотров: 518
Обновлено 03.03.2018 16:13
Просмотров: 487