Турмысымда жағымсыз ўақыя-лардың гүўасы болдым. Мийимди тынышлатып, ақыл жүритип қарасам – бул жағымсыз ўақыялардың лийкини бар болып шықты. Келиң, бастан айтып берейин.
Ҳәр бир ҳаял шаңарақтың бахтын өзи жаратады. Үйдеги жағдай, ошақ басындағы ыссылық, күйеўи ҳәм перзентлери менен қатнасының сыпаты ҳаялдың жеке өзине байланыслы. Ҳәмде, ҳаял буны иштен биледи. Кишкенелигинен баслап қызлар аўқат писириўге, үйди жыйнаўға … үйретиледи. Ҳәттеки, олардың ойынлары да көбинесе «үй-үй» ойынынан басланады. Қызлардың тил алғышлығы, мектепте жақсы оқыўы, ул балалар менен қызықпағанлығы ата-аналары ушын жүдә унайды. Ҳәмде, усындай тилалғыш болып ержеткен қыз жақсы әйел болады деп есапланады. Лекин, турмыста көрип атырмыз – жақсы шаңарақ қурыў ушын бул өнерлер кемислик етеди.
Ҳәр бир шаңарақта жәнжел болып турады. Бул — нормаль жағдай. Егерде бир адамлар конфликтли ситуацияда бир-бирине даў-димайларын — претензияларын анық айтып, келисиўге таяр турса, ал басқа биреўлери, керисинше, қарым-қатнасты ойсыратып таслайды, бир неше күн уртларын томпайыстырып, өкпелесип жүреди, ҳәр қандай қолайлы пурсатта жубайына «сеники дурыс емес, меники жөн» екенлигин уқтырғысы келеди де турады ҳәмде ең қорқынышлысы - өзлериниң жәнжелине балаларын тартады.
Еркек пенен ҳаял қатнасығындағы кризис (дағдарыс) шаңарақта айқын көринеди. Шаңарақ — бул сондай мәкан, бул жерде еркек пенен ҳаялдың тереңнен байланысыўы жүз береди, сондай-ақ олардың барлық ашылмай турған сыпатлары машқалалар ҳәм дағдарыслы жағдайларды келтирип шығарады, ҳәтте ерли-зайыплылар ажырасып та кетиўи мүмкин. Буның бәри еркек пенен ҳаялдың өз ўазыйпаларын умытып қойғанлығынан.
Бизлердиң бахытлы жасаўымыз ушын барлық шараят-жағдайлар бар, лекин көпшилигимиз өзимизди бахытлы деп айта алмаймыз. Бизлерде усындай түсиник бар - өзимизди бахытлы сезиў ушын бизлер әҳмийетли бир нәрселерди, ислерди әмелге асарыўымыз керек. Абырайлы ҳәм басқалардан үстин болыўымыз керек. Ҳәммеден биринши болып келиўге гүресемиз. Ҳәммеден алдын болыўға тырысамыз. Ҳешким ислемегенлерди, басқаның қолынан келмейтуғынларды ислеп «Мени көрдиң бе, Мен қандайман» деп өзимизден қанағатланамыз. Ең зор жигит, ең шырайлы қыз бенен шаңарақ қурсақ, ҳәммеден бийик етип жай салсақ, ҳәммени таң қалдырып кийинсек ҳәм т.б. өзимизди жақсы сезген болар едик. Басқалардан қаншелли үстин, биринши, алдын бола бер, лекин бул сезим өткинши, бәрибир дәслепки өзиңнен наразы сезимлер қайтып келеди. Неге бундай? Булардың тийкарында ҳәммениң дыққатын өзимизге қаратыў «Маған қара, мен қандай зорман, мен ҳәммеден жақсыман» ойы, оныңда тийкарында «Мени жақсы көр» деген ойы жасырынып турады.
Сәлем бердик, кемпир апа! Атым Рано, жасым 31-ден өтти. Жигирма жасымда турмысқа шығып, кейин айырылысып кеттим. Перзентим жоқ. Кем-кемнен түңилип жасап атырман, себеби:
1. Мениң жасыма туўры келетуғын еркеклер қашшан беккем қолларда;
2. Ҳәзирше бос жүрген еркеклерге мен унамайман;
3. Мени унатқанлар болса маған унамай атыр…
– Сәлем бердик кемпир апа! Мениң атым Гүлайым. Еле турмысқа шықпадым. 22 жастаман. Кеңеслериңизди қалдырмай оқып баратырман. Сизден сорамақшы едим - өзимди шырайлы деп есаплай алмайман, улыўма сулыў емеспен, жигитлерде мениң менен сөйлесе бермейди, енди қәйтип жасайын? Бахытлы болыў, өзин жақсы көриў бойынша көп айтасыз, мен мына «шырайым» менен қайда бараман?
Турмыста еркек қандай табысларға ериссе де, буның бәри ҳаялының арқасында. Дана ҳаялының жәрдеминде ер адам абырайға, табысларға, шыдамлылыққа, мақсетлерге умтылыўға ҳәм т.б.ларға ериседи.
- Қыз балаға әкеси тәрбия ҳәм өзиниң минез-қулқы арқалы еркекке болған исеним береди. Ер адам – бул ҳақыйқатлық, ерлик, қыйыншылықларды жеңиў қәбилийети, сабырлылық, кеўил тынышлығы, өзин услаў ҳәм қадағалаў уқыбы, дурыс жол тутыўды билиў, искерлик, инталық, тез шешим қабыл етиў… Еркектиң көтериңки таза сыпатлары мине усындай. Қыз бала әкесинде усы сыпатларды көрип ҳәмде болажақ күйеўинде де усы сыпатларды көре билиўге умтылыўы тийис.