Бәринен бурын, ҳаялдан шәртли түрде мазалы, жағымлы ийис шығып турыўы керек. Не себептен? Өйткени, ер адамның ақылы ҳаялдың ийисине қарай оны баҳалайды. Мәселен, гүллерди көз алдыңызға келтириң. Бир-биринен шырайлы гүллерди сиз ийискелеп, оларға баҳа бересиз. Солай емес пе? Ароматерапия менен шуғылланған адамлар буны жүдә жақсы биледи. Мий ҳәр түрли ийисти ҳәр түрли етип қабыллайды: базылары қыздырады, базы ийислер тынышландырады, ал жағымсыз ийислер болса – жеркендиреди.
Буннан кейин, жарасықлы етип кийиниў. Бул – оғада әҳмийетли. Тилекке қарсы, ҳәзирги заманның ҳаяллары негедур көшеге шығатуғын болса басқаларға гөззал болып көриниў ушын жарасықлы кийинеди де, бирақ үйинде олпы-солпы кийинип жүре береди. Яғный, олардың пикиринше, күйеўиниң алдында қәлегенинше жүре бериўи мүмкин екен. Ҳәм бул олардың ең үлкен қәтелиги. Базы еркеклер үйленгеннен кейин ҳаялының шашын буйралап ямаса боянып атырғанлығын көрген ўақытта ҳайран қалады: «Ҳаў, мен расында да өзи сондай тәбийғый сулыў шығар деп ойлап едим-ғой…» Ҳаял адам ҳеш қашан күйеўиниң көзинше боянбаўы керек. Өйткени, бояныў – бул ҳаял-қызлардың … не нәрсеси? Сыры. Оны күйеўиңе билдирмегениң жөн.
Жақында үйге 5 жасар баласы менен бөлем қыдырып келди. Оның менен арқайын сәўбетлесип отырыў ушын баласының қолына бир ойыншық берип, бәнт етип қоймақшы болдым. Бирақ, үйде кишкене бала болмағанлықтан, әлбетте, ҳеш қандай ойыншық та жоқ еди. Сонда мен оған 4 жыл алдын Бухарадан сатып алған ағаштан исленген статуэтканы бердим. Ол қоллары, аяқлары, басы қыймылдайтуғын етип исленген статуэтка еди.
Ярым саатлардан соң баланың қолына қарасам, статуэтканың басы да, аяқ-қоллары да қалмаған. Бөлем оған қарап турып:
– Неге сындырып тасладың? – деп сорады. Ол болса:
Басқаларға мийирман ҳәм жақсылық ететуғын адам раўажланады.
*** *** ***
Инсанды қуўаныш ҳәм бахыттан журдай ететуғын үш дузақ: өтмиштеги ислер туўралы өкиниш, келешек тәшўиши ҳәм барына шүкиршилик етпеў.
*** *** ***
Карьераға умтылатуғын ҳаяллардың гормонал хызметлери изден шығады, олар сыртқы көркемлигинен, шырайынан айырылады, минез-қулқы өзгереди ҳәм тырысқақ, гүреслерге таяр, қайтпас… болып қалады – бул ер адамларға унамайды.
Пуллы ҳаяллар өзлерин ерлерден бийғәрез сезине баслайды. ҳәттеки, ер адамларды өзине ғәрезли деп есаплайды. Солай етип, ақыбетинде ҳаял өзлигин жойтады.
*** *** ***
Ҳасыл тас ысқыланып жүзеге келгендей, жетерли дәрежеде өз үстинде мийнет еткен адам жетискенликке ериседи.
Мениң де айыбым, оның да…
Ҳаял, жасы 26 да. Турмысқа шықпаған.
– Мәсләҳәт алмақшы едим. Айырым мәселелерде жүдә қыйналып атырман… Еки синлим, үш ағам бар. Жуқалаў шаңарақта өскенбиз. Ҳәзир жумыстаман. Жоқары оқыў орнында оқып жүргенимде бир жигит пенен сөйлесип, алданып қалдым. Буның ушын өзимди елеге шекем кеширмеймен. Әлбетте, бул мениң де айыбым, оның да. Бул ўақыя мениң тәғдириме тәсирин тийгизиўи сөзсиз. Ол ўақыяға бир жыл болды.
Буннан кейин ҳеш бир жигитке исенбей қалдым. Өзи бурыннан гүманшыл адам, еркеклерди биротала жек көрип қалдым… Бирақ, өзимди қолға алып, ертеңге үмитлениў керек деп ойлайман.
Жақында бир жигит пенен социаллық тармақта таныстым. Айтыўынша үйленбеген. Жумыслы, ақыллы. Көристик, ол мени унатты. Анық мүнәсибетке мирәт етти. Оған өзим туўралы ҳәммесин айттым. Ол буны ҳеш ойланбастан, жеңил қабыл етти. «Ҳеш гәп, қәтелесипсең» деп қойды.
Обновлено 07.02.2018 18:33
Просмотров: 635
Обновлено 07.02.2018 18:31
Просмотров: 480
Мүнәсибет орнатыў машқаласы
Ҳәзирги заманда ер адамлар ҳаяллар менен мүнәсибет орнатыў дегенди умытып кеткен. Бул – ең үлкен машқала. Олар мүнәсибет орнатыўдың қандай екенлигин де билмейди. Ҳаял адамды түсинбейди. тек ғана қушақласып, үйкелесип, сүйискенди мүнәсибет орнатыў деп есаплайды. 20-30 жыл бир есиктен кирип-шықса да, беккем мүнәсибет орната алмаған шаңарақлар оғада көп.
Соңынан, перзентлери де ата-анасының арасындағы бундай қарым-қатнасықты көрип, усы тәризде ер жетеди. Олар беккем мүнәсибет, шаңарақлық татыўлық деген нәрселерди билмей өтеди. Сол себепли, шаңарақта бул нәрсеге итибар қаратыў оғада әҳмийетли.
Обновлено 07.02.2018 18:10
Просмотров: 599
Күнлердиң биринде Омар ғәзеп атына минип, әкесиниң алдына келди ҳәм былай деди: «Әкежан, бир нәрсеге мениң улыўма ақылым жетпей атыр. Мен, ахмақтай, сонша өлип-тирилип ҳәрекет етсем де, ҳеш нәрсеге ерисе алмайман. Ал, Әлий болса, түйирли ҳеш нәрсе ислемесе де, сонша нәрселерге ерисип отыр. Буның себебин маған түсиндирип берсеңиз?». Сол ўақытта әкеси оған Акбар патша туўралы мына рәўиятты айтып берипти.
Бурынғы өткен заманда Акбар деген патша сарайынан сыртқа шықпастан-ақ, айтарлықтай ҳеш нәрсе ислеместен, көп жерлерди ийелеп алған екен. Бир күнлери оның алдына Жәлил деген адам келип, оған хызметке өтипти. Әдеўир жыллар өткеннен соң, Акбар оның хызметине кеўили толып, былай депти:
– Тиле тилегиңди.
– Маған жетискенликлериңиздиң сырын айтсаңыз, – депти Жәлил.
– Буның ҳеш қандай сыры жоқ. Мен тек ғана өзимди қай жерде қандай етип тутыўды билемен ҳәм усыған әмел етемен.
Сол ўақытта Жәлил былай депти:
– Онда мениң бир тилегимди орынласаңыз?
– Мақул.
– Маған өзиңизди дурыс тута билиў қәбилетиңизди инам етсеңиз.
– Яқшы, – депти Акбар әдеўир ўақыт ойланғаннан соң, – Мен саған “тиле тилегиңди” дедим, соның ушын да сораған нәрсеңди беремен.
Усы сөзди айтқан ўақыттың өзинде Акбардың де-несинен үлкен бир жарқыраған нәрсе шығып, былай депти: «Мен – Акбардың әжайып жүрис-турысыман. Енди Акбарды тәрк етип, Жәлилге баратырман». Ҳәм Жәлилдиң денесине кирип кетипти. Буннан кейин Акбардың денесинен және жарқыраған бир нәрсе шығып, былай депти: «Мен де сениң изиңнен бараман. Мен – Әдалатлықпан. Жақсы жүрис-турыс қай жерде жасаса, мен де сол жерде жасайман. Ол Акбарды тәрк етти, енди мен де оның изинен кетемен». Әдалатлықтың изинен үшинши жарқыраған нәрсе шығыпты ҳәм былай депти: «Мен – Ҳақыйқатлықпан. Әдалатлылық қай жерде жасаса, сол жерде жасайман. Соның ушын, мен де оның изинен кетемен». Буннан кейин, Акбардың денесинен және бир нәрсе шығып, өзин Диянат деп таныстырды ҳәм ол да Жәлилге өтип кетти. Оның изинен үлкен бир нәрсе шығып, былай деди: «Мен Күш-қудиретпен. Мен Әдалатлылық қай жерде жасаса, соның менен бирге боламан» деп, ол да Жәлилге өтип кетти. Ең соңында Акбардың денесинен алтындай болып жарқыраған бир нәрсе шығып, былай деди: «Мен Әўметпен. Күш-қудирет қай жерде болса, мен де сол жерде боламан».
Әке айтып берген рәўияттың мәниси соннан ибарат, әўметтиң, күш-қудиреттиң, ҳақыйқатгөйликтиң, әдалатлықтың тийкары – адамның өзин жақсы тута билиўинде. Қалғанының барлығы оның изине ерип келе береди. Егер инсан өзин әлийдей әдеп-икрамлы ҳәм дурыс тутса, алдына қойған мақсетлерине сөзсиз ерисе береди. Ал, егер өзин надурыс тутса, Омардың тәғдирин бастан кеширеди.
А. ШАМУРАТОВ
Обновлено 22.12.2017 18:41
Просмотров: 726
– Мына имаратыңыздан маған 2-3 бос хана керек еди.
– Не менен шуғылланбақшысыз?
– Жеке меншигимдеги балалар бақшасын ашпақшыман.
– Буған мүтәжлик бар ма екен… Нөкисте сонша балалар бақшасы ислеп турыпты.
– Бар, әлбетте. Ҳәзир перзентлерин ата-аналардың бағыўға ўақты жоқ. Ер адам да, ҳаял да азанлы-кеш жумыс пенен бәнт.
– Ырастан да… Бизлер кишкене пайытымызда аталарымыз бенен кемпир апаларымыз ақлықларына қарай алатуғын еди. Ҳәзир, ҳәттеки, олар да жумыста – балаларының контрактлерин төлеў керек-ғой!
Адамның жасы 55-60 тан өткеннен кейин жаслардай болып қызып, жумыс ислеўди азайтыўы керек. Бул жаста адам руўхыйлығын асырыў, руўхый әмелиятлар менен шуғылланғаны мақул. Бул – жәмийет, шаңарақ ушын да әҳмийетли.
– Айтқаныңыз дурыс-ғой, бирақ күйеўи менен ҳаялы бирдей жумыс ислемесе – шаңарақ баға алмай қалады.
– Бул дүньяда тек адам ғана “аш болып қаламан” деп қайғырады. Бул тәшўишке ҳеш бир жәниўар түспейди. «Ертеңги күним қалай болады?» деп қайғыратуғын тек – адам. Бүйтип қайғырған менен оның турмысы жақсыланбайды. Керисинше, кейпияты беттер түсип, шаңарағының басқа ағзаларына зәҳәрин шашып болады.