Ҳаял-қызлар ушын ең жақсы макияж – көзлериндеги бахыт…
*** *** ***
Қайсы ҳаял-қыз турмысқа шығыўды қатты қәлесе, ол өзин тута алыў қәбилетинен ҳәм шырайынан журдай болады. Бәрқулла унамлы кейпиятта бола алатуғын ҳаял-қызлар әлбетте турмысқа шығады, өйткени ер адамға унамлы кейпият керек.
*** *** ***
Жақсылық ҳаққында қанша ўақыт ойлайсыз? Сиз тап сол қурақым жақсылыққа ийе боласыз…
*** *** ***
Турмыста ҳәмме нәрсениң өзине ылайық қуны бар. Әўели қунын төлейсиз – кейин ойлағыныңызға жетисесиз. Умытпаң: барлық исте де усындай!
*** *** ***
Руўхый дүньясы күшли инсан, ҳәттеки, азап шегип турса да – арыз етпейди. Ҳәлсиз адам еле азап шекпей турып-ақ арыз ете баслайды. Яғный, Ана-Тәбияттың нызамларына әмел ететуғын инсан өзин қоршаған шараятлардан бийғәрез куўанып жасаўға себеп табады. Өз билдигинше жасайтуғын адам болса – қәлеген шараятта да қайғыға бериледи.
*** *** ***
Ҳаял адам турмысында күйеўсиз-ақ әрманларын әмелге асыра алады, ол бақ-дәўлетке ерисиўге қәдир, бирақ… бахытлы бола алмайды. Қандай жетискенликлерге ерипесин – оның иши геўек болып қала береди. Қанша күшли болмасын – ол ҳешқашан да өзиниң өмирлик ўазыйпасы – аналықта ҳәм жақынларына муҳаббат бериўинде екенлигин умытпаўы тийис.
• Егер айына 30 миллион сум пайда көрип отырған исбилерменниң бизнесин банкрот етип, барлық ақшаларын алып қойсаңыз – шама менен ярым жылдан соң ол және айына 30 миллион сум табатуғын адамға айланады. Күни-түни тынбай жумыс ислесе де, сол бурынғы дәрежесине ерисиў ушын илаж табады.
• Егер 3 миллион айлығы бар абыройлы фирмада жумыс ислейтуғын жақсы қәнигени жумыстан шығарып жиберсеңиз, ол және үш миллион айлығы бар жумыс табаман дегенше тыным таппайды. Бурынғы танысларына қоңыраў етеди, ҳәр түрли мәкемелерге хабарласады… Усы тәризде бир жерден жумыс табады.
• Ал, енди күнине 30 мыңнан жумыс ислейтуғын жалланба сатыўшыны жумыстан шығарып жиберсеңиз, алдын қыйналыўы мүмкин, бирақ ол да көп өтпей және күнине 30 мың ақша беретуғын жерге орналасып алады.
• Тап сондай, садақа сорап, күнине 10 мың сум пул табатуғын қайыршыны бийтаныс қалаға алып барып тасласаңыз, ол және бурынғы талабын ислеп, үйренискен пулын таўып кетеди.
Ҳәр бир адамда ақша табыўдың қандай да бир сценарийи болады. Бул сценарий сол адамға қанша ақша ҳәм оны қалайынша табыў керек екенлиги ҳаққындағы мағлыўматты жеткерип турады.
Қайыр сорап үйренген адам жумысқа кириўди ойламайды. Жалланба сатыўшы болса «айлығымды 3 миллионға жеткериўим керек» деп бас қатырмайды. 3 миллионлы айлығы бар адам өзиниң фирмасын ашыўды кµз алдына келтире алмайды. Бир айда 30 миллион пайда көретуғын исбилермен биреўдиң қол астында жумыс ислеўди ҳеш қашан да мийине сиңдире алмайды.
М. САҒЫНДЫҚОВА
Обновлено 22.12.2017 18:04
Просмотров: 579
Обновлено 22.12.2017 17:50
Просмотров: 549
Саза журналының №12 (93) санында Сизиң нәзериңизге:
- Өмир жолыңа пәндиў нәсиятлар
- Өмириңди өзгертетуғын даналықлар
- Жеке раўажланыў орайында болған сәўбетлерден…
- Патшаның жүрегин урлаған Аяз
- Меҳир қолур
- Эҳ! Ҳаялларды қуртатуғын қәлеўлер!
- Өзиңди дурыс тута билиўдиң әҳмийети
- Не ушын ҳаяллар ҳаял болыўды қәлемейди?
- Барлық машқалалардың шешими
- Ҳәр бир бала қәбилетли
- Шаңарақтың бузылыўында ең тийкарғы себеп
- Өмиримизди зәҳарлейтуғын 4 әдет
- Добрые истории
- Қызлар! Турмысқа шығыўға асықпаңлар!
- Мен күйеўимди қайтадан жақсы көре баслағанымда…
… ҳәмде басқа руўхый ҳәм кеўил ашар материаллар, рәўиятлар усынылады.
Мәрҳамат, алып оқың. Билимлерден бос қалып қоймаң.
Обновлено 22.12.2017 17:47
Просмотров: 637
Обновлено 22.12.2017 17:45
Просмотров: 648
Уллы Бердақ бабамыз «Жигит болсаң арысландай туўылған,
Хызмет еткил удайына халық ушын» деп тапсырғанындай, көпшилигимиз халық мәпин ойлап хызмет етиўди унатамыз. Мине, пурсат келди!
Саза журналының №11 (92) санында Сизиң нәзериңизге:
- Өмир жолыңа пәндиў нәсиятлар
- Өмириңди өзгертетуғын даналықлар
- Жеке раўажланыў орайында болған сәўбетлерден…
- Как орлица выбирает себе отца для своих орлят?
- Меҳир қолур
- Султанның төрт ҳаялы
- Жасаўды кешиктириў синдромы
- Өкпе-гийне машқалалары
- Ер ҳәм ҳаял: Карым-қатнасықлардың жети басқышы
- Күнделикли өмир этикасы
- Ҳаял кәрамат күшке ийе
- Перзентлеримиз - өзимиздиң айнадағы сәўлемиз
- Добрые истории
- Ата-анаңызды кешириң
- Тойдан бурын ҳәм кейин
- «Мне не хватало любви»
- Шаңарақ туўралы қызық дәреклер
- Фильм көргенимизде, қосық еситкенимизде нелер жүз береди?
- Күйеўине жәрдем ете алған Ҳаял
- Ер адамның психологиясы
- Миллиардерлер дүньяқарасы
… ҳәмде басқа руўхый ҳәм кеўил ашар материаллар, рәўиятлар усынылады.
Мәрҳамат, алып оқың. Билимлерден бос қалып қоймаң.
Обновлено 11.12.2017 11:48
Просмотров: 663
НЕГЕ БАХТЫҢ УШЫН ГҮРЕСПЕДИҢ?
Ҳаял, жасы 43 те. 15 жыл алдын ажырасқан. Қолында қалған бир улы бар. Ата-анасының үйинде жасайды. Муғаллим.
– 16 жасқа шыққан балам бойынша сµйлесиўге келип едим. Колледжде оқыйды. Жылдан-жылға минези жаман болып баратыр. Кейинги пайытлары колледжге барыўды да қойды. Муғаллимлери бақырып-қорқытса ғана барады. Күндиз үйде жатады, түни менен компьютерде отырады. Дәрти – ойын. Ҳешнәрсеге қызықпайды. Официант болып ислеўди унатады. Ислеп те кµрди. Бирақ, бир жерде де узақ ислей алмайды, түрли бәне таўып жумыстан шығып кете береди.
– Қалайынша ажырастыңызлар? Не ямаса ким себепши болды?
«Яқ. Мен кешире алмайман!» демекши болғаныңызда, Сизиң µзиңиз неше мәрте кеширилгениңизди ядыңызға түсириң.
*** *** ***
Сықмар адам ҳеш қашан туўры сµзли бола алмайды.
*** *** ***
Ҳақыйқый руўхыйлық – бул, µзиңди бир динге апарып таңыў ҳәм соның менен болғаның емес. Ҳақыйқый руўхыйлық – бул, өзгериў, жеке раўажланыў мәселеси. Сықмарлығыңды – сақыйлыққа, қәҳәриңди – қабыл етиўге, ғәзебиңди – кеширимге, жеккµриўшилигиңди – муҳаббатқа, қараңғылығыңды – жақтылыққа µзгертиў. Умытпаң, турмыс тәшўишлери – бизди усы µзгерислерге ийтермелейди.
Ҳаялы күйеўинен күшли болса...
Ер адам ҳәлсизлигин көрсетиўге қорқатуғынлығы сыяқлы, ҳаял-қызлар да өз күшин көрсетиўде сергек болыўы керек. Буны көпшилик дурыс түсинбеўи мүмкин. Күшли болып көринетуғын ҳаял заты сыртқы орталыққа: «Жақынлама! Жәрдемлеспе! Барлығын өзим!» деген белгидей болып көринеди. Күшли ҳаялды көрген еркеклер оны көп жумыс пенен жалғыз қалдырады.